1 Сәлемнама. 3 Шақырылыў ҳәм таңлап алыныў. 12 Мухаддес Жазыўларға дыққат аўдарыңлар!
Петрдиң екинши хаты 1 bob
1 Ийса Масихтың қулы ҳєм елшиси Симон Петрден, Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сєлем!
2 Кудайды ҳєм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3 Кудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Ѳзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳєм Кудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳємме нєрсени берди. Ол бизлерди Ѳз уллылығын ҳєм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды.
4 Кудай Ѳз уллылығы ҳєм ийгилиги арқалы бизлерге жүдє үлкен ҳєм қымбатлы ўєделер берди. Солай етип, бул ўєделер себепли сизлер дүньядағы жаман қєлеўлерден қутылып, қудайлық тєбиятқа шерик боласызлар.
5 Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди,
6 билимге нєпсини тыйыўды, нєпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Кудайға бағышланыўды,
7 Кудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар.
8 Егер бул жақсы қєсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳєм жемиссиз болмайсыз.
9 Бул жақсы қєсийетлерге ийе болмаған адам узақты кѳре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.
10 Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Кудайдың сизлерди шақырғаны ҳєм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин кѳрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз.
11 Солай етип, Ийемиз ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масихтың мєңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.
12 Сол себептен сизлер буларды билип, ѳзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳємме ўақыт еслетип турыўға таярман.
13 Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нєрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым.
14 Ѳйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен.
15 Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳємме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тєним менен тырысаман.
16 Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳєм қайта келиўин сизлерге мєлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын ѳз кѳзлеримиз бенен кѳрген едик.
17 Себеби қүдиретли ҳєм уллы Кудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Кудай Єкеден даңқ ҳєм салтанат алды.
18 Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.
19 Жєне бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сѳзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сѳзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар.
20 Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзин ҳеш кимге ѳз бетинше түсиндириўге болмайды.
21 Ѳйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сѳзи адамның қєлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тєрепинен басқарылған адамлар Кудайдың сѳзлерин айтқан.