Injil va Keyingi
Лука жазған Хош Хабар 1 bob
Лука жазған Хош Хабар 1 bob
Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы ҳаққында болжаў
5 Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди.6 Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди.7 Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.8 Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зекерия Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда,9 руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти.10 Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.11 Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға көринди.12 Оны көрген Зекерия қорқып, албырап қалды.13 Бирақ периште оған былай деди: – Қорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң.14 Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады.15 Себеби ол Қудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады.16 Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Жаратқан Ийеси – Қудайға қайтарады.17 Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.18 Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.19 Периште оған жуўап берип: – Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен.20 Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.21 Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды.22 Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян көргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сөйлести.23 Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.24 Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди.25 «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
Мухаддес китап оқыў
Қарақалпақ Библия
http://tirinan.com/kaa2/%D0%BC%D1%83%D1%85%D0%B0%D0%B4%D0%B4%D0%B5%D1%81-%D0%BA%D0%B8%D1%82%D0%B0%D0%BF-%D0%BE%D2%9B%D1%8B%D1%9E
Autor Keyingi: Юлиус Шнорр фон Карольсфельд