Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар

Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар

← avvalgi    •  2/2  •    keyingi →



Injil va Keyingi

Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар

Лука жазған Хош Хабар 1 bob

Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар

26 Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына,27 Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди.28 Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.29 Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды.30 Периште оған былай деди: – Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң!31 Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң.32 Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди.33 Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.34 Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.35 Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады.36 Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды.37 Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.38 Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти.

Мухаддес китап оқыў

Қарақалпақ Библия

http://tirinan.com/kaa2/%D0%BC%D1%83%D1%85%D0%B0%D0%B4%D0%B4%D0%B5%D1%81-%D0%BA%D0%B8%D1%82%D0%B0%D0%BF-%D0%BE%D2%9B%D1%8B%D1%9E

 


Autor Keyingi: Юлиус Шнорр фон Карольсфельд