1 Жаратқан Ийе шопанымдур,
Мен мүтәжлик көрмеспен.
2 Мени жасыл жайлаўларда жатқызар,
Тыныш ағын суў бойына алып барар.
3 Ол жанымды қайта тиклеп,
Өз аты ушын мени туўры жолға жетеклер.
4 Ҳәттеки, өлим қараңғылығы яңлы,
Сол ойпатлықтан өтсем де,
Қорқпайман қәўип-қәтерден.
Сен мениң менен биргесең,
Ҳасаң, шопанлық таяғың,
Тынышлық берер маған.
5 Көз алдында душпанларымның,
Мен ушын дастурхан жаясаң.
Басыма май сүртип,
Кесемди мениң толтырасаң.
6 Өмирим бойы жақсылық ҳәм сүйиспеншилик изимнен жүрер,
Жаратқан Ийениң үйи мәңги мәканым болар.